Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң тийкарғы мақсет ҳәм бағдарларынан бири жәрдемге мүтәж халық қатламын аўыр Социаллық жағдайдан шығарыў, оларға бул бағдарда ҳәр тәреплеме жәрдем берип, социалласыўын тәмийинлеў болып есапланады.

Усы тийкарда, күни кеше Қанлыкөл районындағы Қанлыкөл ҳәм Алтынкөл мәҳәллелеринде “Абадан шаңарақ” тренингине старт берилди.

Бул семинар-тренинглерде мәҳәллелердеги социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың ўәкиллери қатнасты. Оларға “Инсан” Социаллық хызметлер орайларының психологлары тәрепинен сабақлар өтилди.

Буннан гөзленген мақсет пуқаралардың кәмбағаллық, оның ақыбетлери ҳәм шаңарақ ағзаларына көрсететуғын унамсыз тәсири, шаңарақларды қоллап-қуўатлаў нормалары ҳәм көрсетилетуғын хызметлер бойынша билим-көнликпелерин арттырыў және олардың соcиалласыўын тәмийинлеўден ибарат.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы