Агентлик директоры Шымбай районда жайласқан 43-санлы улыўма билим бериў мектебинде шөлкемлестирилген коррекцион ҳәм инклюзив класслардың жумысы менен танысты.
Сондай-ақ, перзентлерин усы классларда оқытып атырған ата-аналар менен сәўбетлести.
Буннан соң райондағы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында күндизги күтим хызметин шөлкемлестириў нийетинде болған исбилермен менен ушырасты ҳәм балалар ушын жаратылған шараятларды көзден өткерди ҳәм өз усынысларын айтты.
Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Отправить комментарий
Отправить комментарий