Усы жылдың 7-январь күни Даун синдромы ҳәм Аутизм диагнозы бар болған майыпларға көмеклесиў "ДАУТ" Қарақалпақстан орайы қәнигелери Хожели районы 17-санлы көп тармақлы қәнигелестирилген көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде тәрбияланып атырған Даун синдромы ҳәм Аутизм диагнозы бар балалар ҳалынан хабар алды.

Өсип киятырған жас әўладтың қәлбине меҳир ҳәм муҳаббатлары оятыўы ушын биргеликте қонақ ойынлар шөлкемлестирилди ҳәм жаңа жыл саўғалары берилди.

Дерек: Өзбекистан мәмлекетлик емес
коммерциялық емес шөлкеми
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими