Усы жылдың 8-январь күни Қарақалпақстан Республикасынан Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Жаслар ислери агентлиги ҳәм арнаўлы мектеп-интернатлары қәнигелеринен ибарат исши топар Самарқанд ўәлаятының Тайлақ районында болды.
Исши топар дәслеп усы районда искерлик көрсетип атырған “Дәслепки раўажланыў орайы”нда болып, ол жерде Социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың перзентлери ҳәм де айрықша билимлендириўге мүтәж перзентлери бар шаңарақлар менен алып барылып атырған жумыслар ҳәм олардың Социаллық бейимлесиўине жәрдемлесиў жумысы менен танысты.
Соны атап өтиўимиз керек, орай ҳәзирги күнде Республика бойынша тәжирийбе сыпатында Тайлақ районында ашылған болып, быйылғы жылы барлық аймақларда ашылыўы нәзерде тутымақта.
Видео YouTube:
Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Отправить комментарий
Отправить комментарий