Ҳәзирги күнлерде Бирлескен Араб Әмирликлериниң Дубай қаласында Халықаралық спорт жарысы өткерилмекте. Усы жарыста Республикамыз атынан қатнасып атырған жерлеслеримиз әжайып нәтийжелерди көрсетпекте.

Атап айтқанда, Нөкис олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайының пара спортшылары Моҳигул Шарофатдинова диск ылақтырыў бойынша гүмис медаль, Бохаев Турдығали 2 бағдарда найза ылақтырыў ҳәм ядро ылақтырыў бойынша 2 броньза медалларын қолға киргизди.

Өзбекстан Республикасы Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жәмәәти атынан жеңимпаз спорчыларды қутлықлаймыз.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы