Өзбекстан Республикасы Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң тийкарғы мақсет ҳәм бағдарларынан бири жәрдемге мүтәж халық қатламын аўыр социаллық жағдайдан шығарыў, оларға бул бағдарда ҳәр тәреплеме жәрдем берип, социалласыўын тәмийинлеў болып есапланады.

Усы тийкарда, “Абадан шаңарақ” тренингиниң нәўбеттегиси Қанлыкөл районындағы “Бескөпир” мәҳәллесинде өткерилди.

Тренинг даўамында мәҳәлледеги социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың ўәкиллери қатнасты. Оларға “Инсан” социаллық хызметлер орайларының тәжирийбели психологлары тәрепинен сыналған методлар тийкарында түсиниклер берилди.

Буннан гөзленген мақсет пуқаралардың кәмбағаллық, оның ақыбетлери ҳәм шаңарақ ағзаларына көрсететуғын унамсыз тәсири, шаңарақларды қоллап-қуўатлаў нормальары ҳәм көрсетилетуғын хызметлер бойынша билим-көнликпелерин арттырыў және олардың социалласыўын тәмийинлеўден ибарат.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы