Социаллық қорғаў миллий агентлиги жуўаплы хызметкери, психология илимлери бойынша PhD. Бобур Абдуллаев Қарақалпақстан Республикасындағы “Инсан“ социаллық хызметлер орайларында ислеўши психологлар менен ашық сәўбетлесиў өткерди.

Сәўбетлесиў даўамында 2024-жыл исленген жумыслардың нәтийжелери ҳәм тосқынлық етиўши машқалалар көрип шығылды, сондай-ақ 2025-жылда әмелге асырылыўы зәрүр болған ис-режелер додаланып, әҳмийетли бағдарлар белгилеп алынды.

“Абадан шаңарақ“ бағдарламасы бойынша тренинглер, ҳәрбир психологтиң профессионал жеке раўажланыўы ушын исленетуғын жойбарлар, электрон тәризде платформада алып барылып атырған жумысларға баҳа бериў ҳаққында пикир алмасты.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы