Усы жылдың 31-январь күни Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлердиң Инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм басқарыў бөлими хызметкерлери ҳәмде район (қала) ҳәкимликлериндеги шөлкемлестириў-кадрлары топары хызметкерлериниң 2024-жыл даўамындағы искерлиги нәтийжелилигин баҳалаў рейтинг нәтийжелери бойынша ушырасыўы болып өтти.

Онда инсан ресурсларын раўажландырыў бағдарындағы баслы ўазыйпалар, ҳәр бир мәмлекетлик хызметкердиң халқымыз алдындағы жуўапкершилигин асырыў, вакант лаўазымларды толтырыўда нызамшылық ҳүжжетлерине әмел етиў, кадрлар резервин қәлиплестириў, хызметкерлердиң турақлы түрде маманлығын асырып барыў бойынша режелер ҳаққында айтып өтилди.

Илаждың тийкарғы бөлиминде инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм басқарыў бөлими хызметкерлери ҳәмде район (қала) ҳәкимликлериндеги шөлкемлестириў-кадрлары топарларының 2024-жыл даўамындағы жумысларын баҳалаў рейтинг нәтийжелери жәрияланды.

Қуўанышлы тәрепи рейтинг нәтийжелерине көре Президент жанындағы социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының Инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм басқарыў секторы ең жақсы көрсеткиш пенен Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Мағлыўмат ушын, рейтинг кадрлар хызмети бөлимлериниң ўазыйпаларынан келип шыққан ҳалда 11 көрсеткиш тийкарында ислеп шығылды.

Видео YouTube:

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы