Өзбекстан Республикасы Президенти мәсләҳәтшиси, Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги директоры Мансурбек Оллоёров хызмет сапары менен усы жылдың 30-31-январь күнлери Қарақалпақстан Республикасына келди.

Агентлик басшысының сапар шеңбериндеги дәслепки мәнзили Нөкис қаласында жайласқан 10-санлы «Нурлы мәкан» қәнигелестирилген мектеп-интернаты болды. Президент қарары тийкарында мектеп-интернаттың қосымша оқыў имараты ҳәм спорт залының қурылысы ушын мәмлекетлик бюджет есабынан 6 миллиард 966 миллион сум қаржы ажыратылып, қурылыс жумыслары жуўмақланды. Имаратлардың салтанатлы ашылыў мәресими өткерилип, Агентлик директоры М.Оллоёров бул жерде оқыўшыларға жаратылған шараятлар менен танысты, оқыўшы ҳәм муғаллимлер, сондай-ақ, «Жолшылар» мәкан жетилиги менен сәўбетлести. Мағлыўмат ушын: мектеп-интернатта бүгинги күнде 251 оқыўшы билим алмақта.

Хызмет сапарының кейинги мәнзили Шымбай районы болды. Агентлик директоры усы районда жайласқан 43-санлы улыўма билим бериў мектебинде шөлкемлестирилген коррекцион ҳәм инклюзив класслардың жумысы менен танысты. Буннан соң, райондағы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында күндизги күтим хызметин шөлкемлестириў нийетинде болған исбилермен менен ушырасты ҳәм балалар ушын жаратылған шараятларды көзден өткерди.

Агентлик директоры М.Оллоёров Шымбай районында «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасы тийкарында әмелге асырылған жумыслардың нәтийжеси менен танысты.

Райондағы «Гүлистан» ҳәм «Темир жол гүзары» мәҳәллелеринде жасап атырған шаңарақлар менен ушырасып, олардың машқала ҳәм усынысларын тыңлады.

Сондай-ақ, мәҳәлле социаллық хызметкерлери А.Қарманбаева ҳәм Ж.Жаббарбергеновлар менен сәўбетлесип, олардың жумысы менен танысты.

Хызмет сапарының 2-күнинде агентлик директоры М.Оллоёров Қоңырат районында болып, дәслеп үйде ҳәм күндизги қатнаў хызметин жолға қойыў тилегин билдирген «Соғлом юрак» клиникасы ийеси, исбилермен Б.Утебаев пенен ушырасып, социаллық хызметлерди жолға қойыў бойынша презентациясы менен танысты.

Буннан кейин «Түркстан» мәҳәллесиниң жетилиги менен ушырасты. Мәҳәлледе әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы менен танысты. Сондай-ақ, усы мәҳәлледе жасайтуғын өнермент Г.Жумамуратова ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларға субсидия арқалы артезиан қудық қазыў жумысын баслаў тилегин билдирген исбилермен А.Матниязов пенен сәўбетлесип, олардың презентациясы менен танысты.

Соның менен бирге, Агентлик директоры райондағы «Қара тал» ҳәм «Әжинияз» мәҳәллеринде болып, кем тәмийинленген шаңарақлардың үйлерин барып көрди. Бул шаңарақларға социаллық хызметлерди көрсетиў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Дерек: KKNEWS.uz – Қарақалпақстан хабар агентлиги Рәсмий веб-сайты