Өзбекстан Республикасы Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров, басқарма сектор баслықлары хызмет сапары менен Әмиўдәря районында болды.
Дәслеп мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында күндизги күтим хызметин шөлкемлестириў қәлеўин билдирген жеке меншик балалар бақшасы ийеси Малоҳат Нурманова менен ушырасты ҳәм ол жердеги шараятлар менен танысты. Сол орынның өзинде балаларын күндизги күтим хызметине бериў қәлеўинде болған ата-аналар менен сәўбетлести.
Соң Әмиўдәря районы инженерлик технологиялары-техникумында шөлкемлестирилиўи режелестирилген “Дәслепки раўажланыў” орайы имараты, Майыплығы болған балалар ушын мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин ашпақшы болған исбилермен “Камрон голд медиа” ЖШЖ баслығы менен ушырасты ҳәм олардың режелери менен танысты.
Сондай-ақ районда ауцорсинг тийкарында “үйде” ҳәм “күндизги қатнаў” хызметлерин жолға қойыў тилегин билдирген исбилермен ҳәм “Дурунки” мәҳәллесиндеги социаллық хызметкердиң 2025-жыл ушын мақсетли көрсеткишлери ҳәм мини жойбарлары менен танысты.
Сол мәҳәлледе шөлкемлестирилген адаптив спорт пенен шуғылланыў ушын жаратылған шараятлар менен танысты ҳәм пара спортшылар менен сәўбетлести.
Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Отправить комментарий
Отправить комментарий