Мойнақ районы “Инсан” социаллық хызметлер орайының жумысы үйренилди. Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқарма баслығы С.Данияров Мойнақ районында болып, “Инсан” социаллық хызметлер орайының жумысы менен танысты.

Дәслеп район ҳәкими Б.Менглибеков менен бирге социаллық хызметкерлер тәрепинен ашылған кейслерди өз орнына шыққан ҳалда үйренип шықты, әмелге асырылып атырған мини жойбарларды көзден өткерди ҳәм олардың нәтийжелилигин баҳалады. Бул жойбарлардың тийкарғы мақсети халыққа социаллық жәрдем бериў, олардың турмыс шараятларын жақсылаў болып есапланады.

Соң орайдың қурылыс проcеси менен танысып, имараттың биринши нәўбетте пуқаралар ушын ҳәр тәреплеме қолайлы болыўы, әсиресе майыплығы болған пуқаралар ушын шараятларды жаратыў бойынша жуўапкерлерге тапсырма берди.

Басқарма баслығының пикиринше, “Инсан” орайы Мойнақ районында социаллық хызметлердиң сапасын арттырыўға ҳәм халықтың турмыс абаданлығын жақсылаўға үлкен үлес қосады. Оның жумысы ҳәм хызметлери, әйне жәрдемге мүтәж шахслар ушын айрықша әҳмийетке ийе болады.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы