2025-жыл 5-март күни Нөкис қаласында жайласқан 1-санлы спорт мектебинде “8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни” байрамы мүнәсибети менен спорттың волейбол түри бойынша барлық район (қала) “Инсан” социаллық хызметлер орайы ҳәм Басқармаға қараслы мәкеме ҳәм шөлкемлерде ислеўши ҳаял-қызлар арасында “Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының кубоги” спорт жарысы болып өтти.
Дәслеп спорт жарысының салтанатлы ашылыў мәресими өткерилип онда Басқарма баслығы С.Данияров шығып сөйледи ҳәм барлық қатнасыўшыларды киятырған байрам мүнәсибети менен қутлықлап, оларға бүгинги спорт жарысында әўмет тиледи.
Мақсет ғалабалық спорт жарыслары арқалы ҳаял-қызларымыздың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳәм сол арқалы олардың денсаўлығын беккемлеў болып eсапланады.
Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Отправить комментарий
Отправить комментарий