“8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни” мүнәсибети менен Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының басламасы менен “Инсан” социаллық хызметлер орайы ҳәм Басқармаға қараслы мәкеме ҳәм шөлкемлерде ислеўши ҳаял-қызлар арасында “Басқарма баслығы кубоги” спорт жарысы шөлкемлестирилди.

Жарыста 250 ден аслам хызметкерлер белсене қатнасты. Бул илаж ҳаял-қызлар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў ҳәм олардың спортқа болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде өткерилди.

Жарыс жуўмағында:

1-орын Нөкис қаласы “Инсан” социаллық хызметлер орайы;
2-орын Хожели районы 3-санлы қәнигелестирилген мектеп-интернаты;
3-орын Шымбай районы 24-санлы көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми командалары ийеледи.

Жеңимпаз командалар диплом, эстелик саўғалары ҳәм Басқарма баслығы кубогы менен сыйлықланды. Барлық қатнасыўшыларға жарыста белсене қатнасқаны ушын миннетдаршылық билдирип, оларға алдағы жумысларында әўметлер тилеймиз!

Илаждан көринислерди ҳәм жеңимпазлардың қуўанышлы демлерин төмендеги сүўретлерде тамаша етиўиңиз мүмкин.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы