Бүгинги күнде мәмлекетимизде майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў, олар ушын зәрүр барлық шараятларды жаратыў инсан саламатлығын қорғаў ҳәм кекселерге, пенсионерлерге, имканияты шекленген балаларға медициналық-социаллық тәрепинен жәрдем көрсетилип, айрықша итибар қаратылатуғыны ҳақыйқат.

Майыплығы болған шахсларды турмысқа бейимлестириў ҳәм социаллық реабилитациялаў, балалықтан майыплығы болған инсанларды ҳәм кеўли ярым майыплығы болған балалардың денсаўлығын қорғаў, руўхый қоллап-қуўатлаў, өмирге болған умтылысын оятыў, ҳәр тәреплеме ашық жүзлери ҳәм шийрин сөзлери менен меҳир булағын басқаларға үлестирип атырған медицина ҳәм саламатландырыў мәкемелеринен бири – Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги қарамағындағы Майыплығы болған шахсларды реабилитациялаў ҳәм протезлеў орайы болып есапланады.

Майыплығы болған шахсларды реабилитациялаў ҳәм протезлеў орайы 1998-жылдан берли жумыс алып бармақта. Орайда бүгинги күнде терапия, неврология, травматология ҳәм хирургиялық әмелият бөлимлери бар. Тийкарынан сүйек-булшық ет системасы ҳәм бириктириўши тоқыма арттырылған деформациялары кеселликлери, жарақатлардың раўажланыўы, нерв, жүрек-қан тамыр, қан ҳәм қан ислеп шығарыў ағзалары, эндокрин системасы кеселликлери бар наўқаслар емленеди.

Орайда емленип атырған наўқаслардың физикалық шынығыўы ушын Медициналық-социаллық-кәсиплик реабилитация бөлими, физиотерапия ҳәм емлеў-дене тәрбиясы бөлимлеринде өзиниң бар билим ҳәм тәжирийбесин инсан саламатлығын сақлаўдай ийгиликли иске жумсайтуғын бул тараў ўәкиллери, ақ кеўил, меҳрибан шыпакер ҳәм мийирбийкелер бәрқулла ел ардағында.

Әсиресе, Орайдың «Емлеў дене тәрбиясы» бөлиминиң хызметкерлери Рустем Тилегенов ҳәм Баҳадыр Қыдырбаевлар наўқас инсанларға массаж қолланады. Емлеў дене тәрбиясы күш-қуўатын тиклеўши ем оны дурыс қолланыў наўқастың тез саўалып кетиўине, жумыс қәбилетин тиклеўге ҳәм оны жедел мийнетке қайтарыўға жәрдем береди.

– Улым балалықтан II топар майыбы БЦЛ – Балалар церебраль ләңи диагнозы менен кеселленген таяныш-ҳәрекет аппаратында нуқсаны бар. Бул емлеў күш-қуўатты тиклеўши ем есапланып, оны дурыс қолланыў улымның еркин ҳәрекетлениўине жәрдем берди, – дейди Ю.Авезов.

Саламат АВЕЗОВ,
Өзбекстан Майыплар ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими қәнигеси.

Дерек: «Қарақалпақстан жаслары»
3-апрель, 2025-жыл. №13-14 (8338)