Төрткүл районы “Өзбекстан” аўыл пуқаралар жыйынында “Инсан” социаллық хызметлер орайы тәрепинен “Халыққа жәрдем – жоқары қәдирият” атамасында коучинг шөлкемлестирилди. Илаж Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң басламасы тийкарында мүрәжатлар көп болған мәҳәллелерде өткерилмекте.
Мақсет “Инсан” орайларына келип түсип атырған эң көп мүрәжатлар бойынша пуқаралар менен сәўбетлесиў арқалы түсиниклер бериў болып есапланады.
Төрткүл районында өткерилген илажда социаллық карталар, санаторийларға жоллама алыў, “Сақаўат ҳәм көмек” қорының қаржылары эсабынан жәрдем көрсетиў, майыплығы болған шахсларды реабилитаcиялаўдың техникалық қураллары менен тәмийинлеў ҳәм күндизги күтим хызмети бойынша қәнигелер тәрепинен кең түсиниклер берилди.
Орай психологи тәрепинен руўхый турақлылық бойынша шынығыўлар өткерилди. Пуқаралар сораў-жуўаплар арқалы керекли мағлыўматларға ийе болды.
Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Отправить комментарий
Отправить комментарий