Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-январь күнги «Жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты жетилистириў системасын түп-тийкарынан раўажландырыў ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық, MEHRTILSIMI.blogspot.com – Социаллық-ҳуқықый сайты «SA.KR.UZ» Саламат Авезов жеке веб-сайты басламасы менен ҳуқық ҳәм нызам мәплерини қорғаў, ҳәр тәреплеме раўажландырыў.

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Президенттиң майыплығы болған пухаралардың мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланыўы системасын түптен жетилистириў хаққындағы пәрманының жойбарын усыныс етти. Ғәрезсизликке ерискен жыллардан бери мәмлекетимизде жынысы, расасы, миллети, тили, дини, социаллық келип шығыўы, жәмийеттеги тутқан орнының қандайлығына қарамастан ҳәр бир инсан социаллық-ҳуқықый қорғаўда болатуғынлығына ирге тасын қалаўы, халықтың жәрдемге мүтәж қатламын, сондай-ақ имканияты шекленген шахслар, балалар, жигит-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланыўы тийкарғы әҳмийетли реформалардан бири болды деп есаплайман.

Атап өтетуғын болсам, заманагөй информациялық технологиялары, экономика, пән ҳәм тәлимниң барлық тараўлары тез пәт пенен раўажланып баратырған бир пайытта мәмлекетлик ҳүкимет, электрон ҳүкимет принципин кең ен жайдырыў, халық аралық информациялық системасына, "Интернет"тен қолайлы ҳәм өнимли пайдаланыўды және де кеңейтиў.

"Мехр тилсими" – тийкарғы мазмун мәнисин кеңнен түсиндирип өтсек. Меҳир – Инсаният бул әлемде жасап турар екен, ҳәр биримиз меҳир туйғысына ынтық болып жасаймыз, соның менен бирге өзимизде меҳир мириўбет таратып жасаймыз. Меҳир – мириўбет бул иләҳийда туйғы. Усы иләҳий сезимди ҳәр бир инсан өз жүрек – қәлбиниң төринде ықшам ғана орынға жайластырып сақлап, мәўрити келгенинде дөгерегиндеги инсанларды баўырына басып, бири-бирине үлестиреди. Адамзатты бул дүньяда еки нәрсе – меҳир ҳәм қәдир – қымбат услап турады.

Тилсим – меҳирдиң тилсими инсан кеўил түпкиринен шығып, өмирге жасаўға болған исеним ҳәм мухаббатын күшейтип, сыр сандығы қулпына гилт бола алады.

Бул жойбар «SA.KR.UZ» Саламат Авезов жеке веб-сайтының нәтийжеси болып, буның ушын Қарақалпақстан Республикасындағы айрықша итибардағы инсанлар ушын хызмет етип турған мәкеме ҳәм шөлкемлер, Қарақалпақстан Республикасы майыплар жәмийети қалалық, районлық бөлимлери, Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси қалалық ҳәм районлардағы бөлимлери жанындағы "Пресс клуб" ғалаба хабар орайлары, Қарақалпқастан Республикасындағы қалалық, районлар ҳәкимиятлары рәсмий веб-сайтлары, KRuz.uz – Қарақалпақстан жаңалықлары сайты, Makan.uz – Мәмлекетимиздеги жаңалықлар порталы, KarInform.uz – Информациялық-аналитикалық сайт, Di-Art Group ЖШЖ басшысы Маткаримов Азамат Зокировичке MEHRTILSIMI.uz – Социаллық-ҳуқықый сайтын иске түсириўде БИЙПУЛ хостинг ҳәм домен менен бийғәрез тәмийнлегени ушын бәрше мекеме ҳәм тийисли шөлкемлерге өз шексиз миннетдаршылығымды билдиремен.

Саламат АВЕЗОВ,
Мухаммед ал-Харезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалының
"Оқыў жәрдемши бөлими" кабинет меңгериўшиси, O'zLiDeP ағзасы,
балалығынан II-топар майыбы, БЦЛ – Балалар церебрал ләңи диагнозы менен.