Мен балалығымнан II-топар майыбы Авезов Саламат Юлдашевич 1983-жылы Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында туўылдым. Мениң диагнозым (ДЦП – Детский церебральный паралич, БЦЛ – Балалар церебраль ләңи) миллетим өзбек.
1992-2002-жыллар Қарақалпақстан Республикасы Халық Билимлендириўи министрлигине қараслы Нөкис қаласындағы 32-санлы орта мектепте 10 жыл тәлим алдым.
1997-жылы Қарақалпақстан Республикасы майыплар жәмийетиниң оқыӯ ислеп-шығарыӯ кәрханасы. Компьютер саӯатханалығыны үйретиӯ курсында оқып «ЭЕМ операторы» гүўалығын алдым.
2000-2002-жыллар Қарақалпақстан Республикасы Халық Билимлендириў Министрлиги «Прогресс» тиллерлер таярлаӯ орайы гүўалығын алдым.
2002-жылы орта мектепти экстернет жолы менен табыслы тамамлап 11-класстың гүўалықнамасын алдым.
2002-2004-жыллар Қарақалпақстан Республикасы Халық Билимлендириўи министрлигине қараслы «Прогресс» билимлендириў ҳәм раўажландырыў орайы жанындағы Бизнес мектебине оқыўға кирип, “Ис жүритиўши инглис тили ҳәм бизнес тийкарлары” деген қәнигелик дипломын алдым.
2004-жылы БМШ ҳәм IATP/IREX шөлкеми ҳамқарлығыда «Өзбекстан мектеплеринде интернет» дәстүриниң №57 санлы Интернет Оқыў Орайының Волонтеры болып иследим.
2005-жылдан бери Өзбекистан Жаслар Аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ағзасы, Қарақалпақстан Республикасы майыплар жәмийетиниң Волонтери болып иследим.
2008-2012-жыллары Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы «Хабар Технологиялары» факультети «Информатика ҳәм хабар технологиялары» тәлим алдым.
2012-жыл 22-июнь Ташкент хабар технологиялары университети Нөкис филиалы «Хабар Технологиялары» факультетини 4 курсыны табыслы тамамлап Диплом жумысыны қорғадым.
2013-2018-жыллар Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалының «Оқыў жәрдемши бөлими» лаборанты.
18-январь 2018-жыл O'zLiDeP – Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекистан Либерал-Демократиялық Партиясы Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қалалық Кеңеси ағзасы.
27-январь 2018-жыл Xabar – Өзбекистан Республикасы Информациялық технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги газетасы Xabar.uz информациялық-анализ порталы Қарақалпақстан Республикасы жәмийетши хабаршысы.
Сентярь 2018-жыл «Өзбекистан Жаслар Аўқамы» Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, Республика жаслар орайы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси «Жас репартёлар» клуби ағзасы.
2-октябрь 2018-жыл Мухаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалының «Оқыў жәрдемши бөлими» кабинет меңгериўшиси.
1-январь 2019-жыл Ташкент қаласы «Millennium» майып жаслар социаллық-ҳуқықый тиклениў орайы блогер журналисти.
30-январь 2020-жыл “ЮКСАЛИШ” улыўмамиллий ҳәрекет ағзалық сертификати №AN – 252538 Авезов Саламат «Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекети ағзасы есапланады.
26-май 2020-жыл Мухаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалының «Мийнет қәўипсизлиги ҳәм пуқара қорғаныў» бөлимине Инженери.
29-февраль 2024-жыл Өзбекстан Республикасы Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлимине Ғалаба хабар қураллары ҳәм жәмийетшилик менен ислесиў хызметы 1-категориялы қәнигеси.
Отправить комментарий
Отправить комментарий